Китоб: Қарыз ҳәм оған байланыслы мәселелер

- Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
- Тури: Электрон китоб
- Нашр санаси: 2025 й.
- Ҳажми: 144 бет.
Нархи: Бепул
Қисқача тавсифи
«Қарыз ҳәм оған байланыслы мәселелер» китабының электрон басылымы. Қарыз мәселеси әзел-әзелден, турақлы рәўиште адамлардың басын қатырып киятырған мәселелерден бири екенлиги ҳеш биримизге сыр емес. Бул мәселеде мусылман адам өзин қалай тутыўы кереклиги ҳаққындағы хүкимлерди керегинше үйрениў ҳәр бир мусылман ушын жүдә зәрүр. Ҳақыйқатында да, инсан ким болыўына қарамастан, өмири даўамында қарыз мәселесине дус келиўи турған гәп: биреў қарыз алады, биреў қарыз береди. Қарыз алған да, қарыз берген де, қарызға гүўа болған да бул ис бойынша бар болған шәрий тәлиматларды, қарыздың шәрияттағы ҳүкимлерин билиўи тийис. Қарыз мәселеси түрли себеплерге көре бүгинги күнимиздиң әҳмийетли мәселелеринен бирине айланып қалды, десек, асыра айтпаған боламыз. Алдынғы дүзим дәўиринде адамлардың экономикалық искерлиги қатаң шекленген, жеке меншиклик дерлик қадаған етилген еди. Сол себепли қарыз мәселеси де шекленген, адамлар бул машқалаға ҳәзиргидей дус келмейтуған еди. Жаңа шараятта көпшиликке аңсат жол менен тезирек ҳәм көбирек байлық арттырыў тилеги хаўня алды. Олардың қыялы бул мақсетке ерисиўдиң ен ансат жолы қарыз алып, саўда ислеў ямаса кандай да бир исбилерменлик пенен шуғылланыў, деген пикир менен бәнт болды. Адамлар «Пәлен муғдарда карыз алып, оны бир мәрте «айландырсам», бунша пайда көремен, еки мәрте «айландырсам», мине, мынандай болады»ға уқсаған есап-санақларды қылыўға түсти Ҳәр ким қылмақшы болған исин жақсы биле ме-жоқ па өзине, ҳәзирги шараятқа туўры келе ме-жоқ па - бәри бир, нәтийжеси, әлбетте, зор болады, деген ой менен ҳәрекет баслады. Көбирек, «Пәленшелер сонша қарыз алып, шеттен зат алып келип сатқан екен, сонша пайда көрипти, мен де сондай қылмақшы манға уқсаған ис көриў ҳәўиж алды. Пәленшениц ата-бабасы бул истин усталары болғаны, ол усы исти олардан үйренип өзлестирип алғаны ҳаққында ойлаў олардың ойына да кирип шықпас еди. Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттин 2024-жыл 31-июльдеги 03-07/4633-санлы жуўмағы тийкарында таярланды.Китобнинг мундарижаси
- Кирисиў
- Қарыздың сөзликтеги ҳәм шәрияттағы мәниси
- Қарыздың шәриятқа енгизилиўи
- Қарызды рәсмийлестириў
- Қарыз бериў ҳәм алыў әдеплери
- Қарызын өтеўшиге жәрдем бериў
- Қарызды инкәр етиўдиң жаманлығы
- Қарызын төлемей қайтыс болған адам
- Арият ҳәм оның төлениўи
- Қарызды биреўге өткизиў ҳәм кепиллик
- Биреўдиң ҳақысынан қорқыў
- Сүтхорлық ҳаққында
- Қарыз мәселелеринде пулдың қәдирсизлениўин итибарға алыў ҳаққында
- Пулдың қәдирсизлениўи менен байланыслы мәселелер ҳәм олардың шешими
- Дүньяда нақ пуллар нызамының раўажланыў тарийхы
- Пулдың қәдири түсиўи ямаса асыўы себепли пайда болатуғын машқалалар қалай шешиледи?
- Жуўмақлаў
- Қарызды үзиў дуўасы
- Қәжет намазы
- Және бир намаз
- Ўақыя сүресиниң тиләўаты
- Пайдаланылған әдебиятлар
- Китап мағлиўматлари